Перейти к содержанию
Гость Redbow

Едиге

Рекомендуемые сообщения

ӘМИР ЕДИГЕ ӘЎЛАДЛАРЫ олардың соңғы буўыны кимлер болды?

Уллы Түркистан халықларының өтмиш тәғдиринде Әмир Темир менен заманлас, зәңгилес болған зәбердес тарийхый тулғалардың бири Едиге бий еди. Қарақалпақ халқы «Ер Едиге», «Бий Едиге», «Әмир Едиге», «Едиге мырза» яки «Мир Едиге» деп атап, исмин әсирлер бойы әдиўлеп келген атайы батырлар әўлады - Едиге Қутлықабаба (Раҳманберди Қутлықыя улы) 1352-жылы Арал теңизиниң қубла-батыс тәрепиндеги Қумкент шәҳәринде туўылған. Әзелден азыўлы маңғыт арысының султанлары саналған Исламқаба (Исламқыя), Қыдырқаба (Қыдырқия)баҳадырлар Едигениң тиккелей бабалары болса, атақлы Алаў баҳадыр менен Қойылдыр шешен де усы туқымнан шыққан ел көсемлериниң бири еди. Соңыра Арқажурт (Дәшти Қыпшақ) жеринде ат шығарған атышуўлы Ақпан, Тоқпан батырлар да ақмаңғыт тайпасынан болды. Ал Ислам дүньясында ылайықлы орны бар уллы руўханый Баба Түклес Шашлы Әзиз де пүткил маңғыт елиниң пири ҳәм Едигениң бабаларының биринен болған. Тарийхый дәреклер Әмир Темирдиң де маңғытлардан екенлигин (А.С.Ташкентий, «Темирнама» китабы) еслетеди. Усы дәўирлердиң жаңғырығы, көплеген шежирелик мағлыўматлар ата-бабалар аңызларында ҳәм қарақалпақ халық эпосы «Едиге» дәстанында да сәўлеленген. Едигениң өз әкеси Қутлықыя (Балташақ) әмир Алтын Орда бийлеўшиси Темир Мәликтиң мәҳреми ҳәм Қумкент шәҳәриниң ҳәкими болып турған. Жети атасы бий болған. Жети журттың ғамын жер..., - дегендей, Едиге де қанына тартып, туўма қәбилетиниң арқасында ири мәмлекетлик искер дәрежесине көтериледи. Ол узақ ўақытлар даўамында Алтын Орданың бас бийлигин өз қолында услап тура алды. Соның менен қатар, Едиге бурынғы Әмир Ноғайдың қарамағындағы жүз елиў жылдан берли «Ноғай улысы» атанған халықты, яғний өз қаналасларын бириктирип, әйймги миллий дүзимди сақлап қалған ҳалда 1391-жылы жаңа мәмлекетке тийкар салды. Бул ҳаққында туңғыш мағлыўмат Османия тарийхшысы Жан Нәбий мийнетлеринде гезлеседи. Едиге 1420-жылы қазаланғаннан кейин Ноғай Ордасын оның баласы Fазы (Қазы)басқарады. Әмир Едигениң даңлы жолынан жәмийетшилик хабардар болғанлықтан биз бул мақалада тарийхый ғайраткердиң ата-тегине қысқа шолыў жасадық, енди тийкарынан бийдиң әўладлары туўралы тоқталамыз. Едиге дәўиринде Маңғыт мәмлекти («Маңғыт үйи») өзиниң бирпүтинлигин қайта тиклеп, олар ақмаңғыт, асмаңғыт, бекмаңғыт, төсмаңғыт, өрмаңғыт, өрисмаңғыт, қарамаңғыт, қалқамаңғыт, таймаңғыт, қоймаңғыт, тоқмаңғыт, шоқмаңғыт, дәўмаңғыт, уўақмаңғыт (усақмаңғыт) ҳәм т.б. жәми отыз бир тайпадан ибарат иргели улыс болып, басқа барлық майда урыўлар усылардан бөлинди. Едиге урпақларына усы тайпаларды басқарыў мураз еди ҳәм өзге улыслар да оларға үлес болип қалды. Ноғай Ордасында ҳәм Арқажурт ийеликлеринде отыз бир оқ қоңырат, бес жүйе мүйтен, жети келе кенегес ҳәм қытай-қыпшақлардың қалың ели жасайтуғын еди. Сондай-ақ, алаш, башқурт, татар-мешер елатлары да Едиге әўладларының улысында болды. Ҳәтте, Шынғыз әўладларының тахтқа отырыўы усылар арқалы шешилди ҳәм олар бираз жыллар ата даңқын сақлай алды. Едигениң улларының ишинде Шайбан әўладлары менен сыбайлас болып, беглербеги лаўазымын атқарған Мансыр бий, Fазы бий, Кейқуўат бийлер мәмлекетте өз тәсирин жүргизип турды. Маңғыт үстемлигин жүргизиў ушын Үргениш үлкесин шапқан Мансыр бий Барақ хан қолынан қаза табады. Бирақ, Шынғыз әўлады Барақ ханды Ҳажытархандағы маңғытлардан күш алған Едиге урпақлары өлтиреди. Аты тарийхый толғаўларда айтылатуғын ҳажытарханлы Темир бий усы Мансыр Едиге улының баласы. Мәнсүрдиң Әдил, Азамат атлы балалары туўралы да дәреклер бар. Ал Шынғыз әўладларына да дизесин батырып киятырған Fазы бийди Жумадық хан өлтиртеди. Жумадық ханның өзи урыста маңғытлар тәрепинен жазым етиледи. Кейиннен Нуратдин (Нуран)менен Кейқуўат (Қағбат)башқурт арасына кетеди ҳәм балаларының айрымларын изине ертеди. Олар соңынан сол елатқа сиңеди. Нуратдин мырза ўақтында Отырарған ҳәким болып, Ноғай Ордасы шегараларының кеңейиўине күш салған. Әмир Темир Нуратдинди өз баласынан артық көрген. Ноғай Ордасындағы «Едиге» лаўазымыннан кейинги «Нуратдин», «Кейқуўат» деген дәрежелер Едигениң усы балаларының атынан алынған. Олардан соң «Тойбуға» ҳәмели турған. Едиге әўладлары өсип-өнгенликтен олардың ҳәрқайсысы «Нуратдин» (Мурадым), «Fазы», «Мансыр», «Наўрыз» ҳәм т.б. айырым урыўға айланған. Нуратдинниң улы Өзкент шәҳәри ҳәкими Оққас (Ўаққас) бийди оның өз туўысқаны Fазы бийдиң баласы Хожастың өлтириўи Едиге әўладларының аўызбиршилигине кери тәсирин тийгизеди. Хожасты Бүрге (Берке) султан жәрдеминде Оққас бийдиң балалары Муўса менен Жамғыршы өлтиреди (Абылғазы, Шежире-и-түрк). Оның урпақлары алаш арасына қашады ҳәм соңғылықта олар «Хожас» урыўы аты менен белгили болады. Сол дәўирдеги «Тарих-и Абу-л Хайр-хан-й» мийнетинде көрсетилгениндей, Маңғыт Оққас бий Қыят Бозанжар бий, Уйғыр Бахтыхожа бий, Найман Ақсопы бий, Дүрмен Сүйиниш бий, Сейит Қулмуҳаммед уламалар менен биргеликте Абылқайыр ханды Шайбанийлер тахтына отырғызған омыраўлы тулғалардың бири еди ҳәм өмириниң ақырына шекем оның ең исенимли тиреги болып қалған. Нуратдинниң ақлықлары Муўса менен Жамғыршының ўақтында Ноғай Ордасы күшейеди. Муўса мырзаның отыз улы болған. Жамғыршының балаларының ишинде аты шыққанлары Ағыс (Тели Ағыс), Көгис батырлар (Олардың әўладларының көбиси Ноғайлы журты бүлген гезде Әлимулы бирлеспесине барып қосылады.) Муўса мырзаның балаларының арасында Алшағыр, Шайқым (Шағым), Сыйдақ (Сыйрақ), Шаҳмамай (Шамай), Сары Йүсип, Алшы Исмайыл көбирек бийлик басында болады. Алшағырдан Келмуҳаммед (Келимбет), Орақ батырлар дөрейди. Келмуҳаммедтен Арыслан, Қаплан, Аймуҳаммед (Аймамбет), Сайыпмуҳаммед (Саймамбет) ҳәм т.б. балалар тарайды. Орақ батырдан Қарасай батыр, Қазый батыр, Айдын дилмаш деген балалар туўылған. Орақтың баласы Қазый батыр кейин Киши Ноғай Ордасы (Қазый улысы) аталған ханлыққа тийкар салды. Бирақ ол өз әкесиниң туўысқаны Исмайыл бий менен өмирбойы жаўласып өтеди. Лекин Орақ батырды қазақ ҳүкимдарлары жазым қылады. Орақтан Әлий (Әлей) мырза, оннан Биймырза, Абдул мырзалар тарайды. «Ала атлы Алшағыр» өз ели менен жаўласып, оның балаларының бирли-ярымы «Әлим қалмақ» (әлимулы) ишине, яғный алшын улысына сиңип кеткени ушын қарақалпақ аңызларында, дәстанларында ол жаман образда көрсетиледи. Муўсаның Алшағырдан кейинги улы Шағым. Шайқым деп те айтылады. Дурысы Шаҳмуҳаммед болыўы керек. Оны 1503-жылғы шабыўылда Үргениште қазақ ханы Жәдик өлтиреди. Шағымнан соң Сыйдақ (айырым аңызларда Сыйрақ деп қәте айтылып жүр Т.Қ.). Қарақалпақта:

Сыйдақтың Сыйдақ болғаны,
Сыйланып елге шыққаны,
Ол Мамайдың арқасы,
Орақтың Орақ болғаны,
Оралдың бойын алғаны,

Ол да Мамай арқасы..., - деген сөз (термиш) бар. Сыйдақтың Тилеў, Қәлеў, Әлеў, Елеў ҳәм т.б. балалары болған. Оның бир қызына Бухар шаҳзадасы Кестен қарый үйленген. Сыйдақ 1535-жылы қазақты шаўып, оның ханы Хожахметти он бес баласы менен қолға түсирип, тутқында услайды. Себеби, олар Орақ батырды өлтирген еди. Арадан жыллар жылысып тәғдир талайы менен Сыйдақтың бирер баласы қазақлар тәрепине өтеди. Өзи Орысият патшасынан сый ҳәм дәреже алған соң басқа балалары менен бирге орыс пуқарасы болады. Орыслар оны «Шейдяк», «Шайдак» деп атап кеткен ҳәм кейиншелик бул олардың фамилиясына да айланған. Олар Сартлан, Абас (Апас)мырзаның туқымлары. Кеңес ҳәкимиятының дәлепки жылларында Қарақалпақстанға келип баспашылар менен гүреске түскен Шайдаков ¾ ҳаслында Сыйдақ мырзаның орысласып кеткен соңғы буўындағы әўладларынан. Муўса мырзаның Сыйдақ пенен тете баласы Хан Мамай, дурысы Шаҳмамай. Халық қысқартып «Шамай» деген. Орыс дәреклеринде «Шах-Мамай», «Шейх-Мамай» деп келтиреди. Шағым менен Сыйдақ өлиминен кейин Ноғайлыны Шаҳмамай басқарған. Шаҳмамай бурынғы Ноғай ийеликлерин қайтарыў ушын қоңсылас ханлықларға бирнеше мәрте атланыслар жасаған ҳәм оның тусында Ноғайлы мәмлекети еле де айбатлы, айбарлы еди. Шаҳмамайдың Ақмырза, Бекмырза, Аллақуўат, Қасай, Қосай ҳәм т.б. балалары болған. Ноғайлы ыдыраған соң олардың да әўладлары жаңа ҳәм жас мәмлекет Қазақ Ордасының пуқарашылығын қабыл алған. Айырымлары Қырымға кеткен. Муўса мырзаның улларының ишинде ең өжети Йүсип бий болғанлығы тарийхый мағлыўматлардан белгили. Қарақалпақлар бул бабаны «Сары Йүсип» десе, Қырдың халқы «Жүсип мырза» деп жүритеди. Йүсип бий Ноғайлының ҳүкимдары болып турған ўақытта ол өз ҳүкимин Орысиятқа өткериўге де ҳәрекет еткен. Қырымды, Қазанды, Ҳажытарханды ықпалында услап турған. Йүсип бийдиң қызы «Ақмаңғыт арыўы» атанған Сүйинбийке айым Қазан ханлығын бийлеген. Халық аңызларында Сүйинбийке туўралы жыллы сөзлер көп. Ол Қазанда бираз қурылыс салдырған. Усталарды Арал бойларынан алдыртқан. Сүйинбийке өз жаўларына бас иймегенлиги ушын жазым болады ҳәм аты тарийхта мәңги мөрленип қалған. Йүсип бийдиң Йүнис (Жүнис) мырза, Ибрайым мырза деген балалары да Орысиятты бағындырыў нийетинде жүрген. Бирақ олардың Ноғайлының ишиндеги еллерди жийи-жийи шабыўы, бул мақсетлердиң иске асыўына тосқынлық жасап, олар халық тәрепинен қоллаў таппай қалады. Ақыбетинде олар да Орысият пуқарашылығын қабыл алып, урпақлары шоқыныўға да мәжбүр болған. Орыс тарийхындағы «Князь Юсуповлар» деп аталған көрнекли династия усы Йүсип бийдиң туқымлары. Йүсип бий менен дасқал өсип, өмир-өмиринше жағаласып өткен, қарақалпақ халқының санасында жақсы сақланған Муўса мырзаның тоғызыншы улы Исмайыл. Журтшылық оны «Исмайыл султан», «Алшы Исмайыл» деп атаған. Исмайыл бий Шаҳмамай қайтыс болған соң, ыдырап баратырған Ноғайлы мәмлекетиниң дизгинин услап қалыў ушын 1549-жылы «Алты улы» улысы тийкарында Орда дүзеди. «Алты улы» ордасы мүйтен, қоңырат, қытай, қыпшақ, кенегес, маңғыт еллериниң бирлигинде ертедеги қарақалпақ мәмлекетиниң қайта тиклениўи болды. Исмайыл бий Орысият пенен қатнасықты жақсы жолға қояды. Керек ўақтында олардан қаржылай, затлай жәрдемлер алып турған. Көп жыллар бүлгиншиликте жүрип, көшпели турмысқа үйренип кеткен елатты қайтадан тутас отырықшылыққа аўыстырыў ушын қарақалпақ халқының ата кәсиби – дийқаншылықты кәр етиўге журтшылықты жумылдырған. Бирақта, Йүсип бий балалары менен болған урыс-қағыслар усы нийетлердиң ғалаба әмелге асыўына иркиниш жасай берген. Маңғыт үстемлигин орнатыў мақсетинде Исмайылдың өз балалары Тыныбай (Тымбай), Қутлыбай (Қулбай)мырзалар әкесине қарсы шығып, Қырым ханлығына өтип кетеди ҳәм урыста олар тосаттан бийдиң жарағынан жазым болады. Ҳәтте, бираз балалары, ақлықлары кем-кем күшейип киятырған Қазақ Ордасына өтип, өз журтына қарсы қылыш көтереди. Бул ҳаққында Исмайыл бийдиң 1557-жылғы Иван Грозныйға жазылған хатында анық баянланған. Исмайыл бийдиң Динахмет (Тинахмет), Муҳаммед, Тыналы, Тыныбай, Қутлыбай, Өрис (Орыс) ҳәм т.б. балалары болған. Исмайыл бий 1563-жылы қайтыс болады. Оның орнына «Алты улы» улысын үлкен баласы Динахмет (Тынахмет) басқарады. Динахмет халық арасында сыйлы болған. Динахмет мырзадан Ормамбет (Өрмуҳаммед яки Улықмуҳаммед), Динмуҳаммед, Естерек бийлер туўылған. ОРМАМБЕТ 1590-1597 жыллары «Алты улы» улысын бийлеген қарақалпақтың атақлы бийи. Ол ҳаққында Мөңке бий дөреткен, ал Сарыша айым атынан айтылатуғын «Ормамбет бий» толғаўының басында тәрип етиледи. Ормамбет Динахмет улына Оймаўытлар үлес болған, оның балалары Ақкелимбет (Ақсақ Келимбет) пенен Қара Келимбет мырза ҳәм оның баласы Тоқта Көшик мырза да Маңғыттың усы урыўына жетекшилик еткен. Ноғайлы бүлгенде булардың биразы усы мырзалардың урпақларының баслаўы менен Жетисуў жерине ығысып, қазақ арасына кириккен. Исмайыл бийдиң Динахметтен (Тынахмет) туўылған ақлығы Динмуҳаммед (Тынмәмбет) те 1597-1600 жылға дейин «Алты улы» улысын бийледи. Оннан соңыра улысты Динахметтиң киши улы Естерек мырза басқарады. Ол Уллы Ноғайлы Ордасының султаны болып та жәрияланады. Естерек бий 1600-1619 жыллары Орданы бийлейди ҳәм оның балалары Ер Тарғын, Ер Шобан, Ер Сайын, Шаҳтемир (Сәтемир), Биймырза т.б. уллары жаўгершиликке өз ерликлери менен ат шығарып, ел-улысқа танылады. Олардың бирпарасы Қырымға, бирсыпырасы соңынан Қазаққа кетип, елди бөлип әкетеди. «Ер Тарғын», «Ер Шобан» ҳәм т.б. дәстанлар усы батырларға байланыслы дөреген. Тарғын, Шобан урыўлары болса, олардың кейинги әўладлары саналады. Динахмет (Тынахмет) бийдиң өзи «Алты улы» улысты 1578-жылға шекем бийлеген ҳәм ол қайтыс болған соң Ордаға Исмайылдың тағы бир улы Өрис бий басшылық еткен. Орыс тарийхындағы «Князь Урусовлар» ҳәм кейин ала алаш арасына аўған «Өрис аталығы» усы Өрис (Орыс)бийдиң туқым-тебериклеринен тарайды. Өрис бийдиң Сәтий батыр, Кен батыр, Жанарыслан батыр («Князь Урусовлар» династиясының баслаўшысы Петр Урусов усы Жанарысланның бел баласы) сыяқлы улларының исмлери аңызда да аз ушыраспайды. Ал «Алты улы» улысының соңғы бийлеўшиси болса, усы Өрис бийдиң ағасы Тыныбайдың Қанай (Қаный) деген баласы еди. Ол Естерек бий бийлигинен соң араға төрт жыл салып, 1623-жылы Орда ҳәмиршиси болып сайланады. Қанай (Қаный) балалары да Ноғайлы сап болған соң Қазақ Ордасына өтип, бурынғы ийеликлерин қайтарып алады. Әлим арасындағы «Қаный балалары» тарийхта «Қанай уллары» деп ат қалдырған Ақмаңғытлардың соңғы буўынынан... 1634-жылы «Алты улы» улысы қалмақлардың соңғы ҳүжиминен соң пүткиллей тоз-тоз болып, қарақалпақтың басқа урыўлары қатарлы Едигениң әўладларынан базыбири бабажуртқа оралса, көпшилиги Қырымда, Ҳажытарханда, Қазақта қалып кеткен еди. Өйткени, ол ўақытта Едиге урпақларынан Ильяс бий, Дәўлет мырза (метер) ҳәм т.б. бийлердиң әўладлары Үргениш үлкесинде үлкен абырайға ийе болса, Ҳажытархан (Астрахань) еле де Маңғытлар қолында қалған еди. Жәми он лек (миллион) әтирапындағы Маңғытлар Қазақ Ордасына аўысып, жас ханлықтағы халық санын бирден арттырып жибериўи оларды сағалап өзге туўысқанларының да келиўин тезлетти. Ҳәттеки, бир туқымнан тараған туўысқанлар «маңғыт – аўзыңа саңғыт» деп өз улысына өкпелеп кетти, ақыбетинде ата-тегин айтыўға да арланып, түп-тийкарларын жасырды ҳәм ҳәрқайсысы ҳәр елге тастай батып, суўдай сиңди. Усылайынша улық халықтың уллы бир мәмлекети ўақытынан бурын ыдыраған еди. Сол туста қатаған-маңғытлар ортасынан тахтқа отырғызылған Ташкент (Шаш) ҳүкимдары Турсын ханның, Төре (Сибир) бийлеўшиси Қошым ханның бийлик басына келиўи 1753-жылы Бухарада Мәдирейим (Муҳаммед Раҳым) бий басшылығында жаңа династияға негиз салыныўы ҳәм Түркистанда Жоқарғы қарақалпақ ордасының қәд көтериўи ғана Едиге әўладларының пүткиллей туқымқурт етилиўиниң алдын алды. Маңғытлардың оннан бир бөлеги Үргениш үлкесинде де үстемлигин сақлап қалды. Дәшти Қыпшақтағы өзлигин жойытпаған маңғытлардың (қарақалпақ улыслары) биразы Бухариядан келген қаналасларына қосылып, Абылай ханның әтирапына жыйналды. Түркистандағы қоңыратлардың ортасында қалған Маңғыт мырзаларының урпақлары өз дөгерегине «маңғытай» деген ат пенен танылды. Арадан әсирлер өтип, бул топардан биринши мәрте бабажуртқа Шымбайға келген, Қаллы Айымбетов тәрепинен Ерполат жыраўдан жазып алынған «Едиге» дәстанын Мәскеўде «Күншығыс» баспасында бастырған әдебият жанашыры, полиглот алым, жәмийетлик ғайраткер, Кеңес ҳүкиметиниң Әрепстан (Аравия) мәмлекетиндеги туңғыш елшиси (соңынан репрессия қурбаны), Түркистан Республикасының әдепки басшыларының бири Нәзир Төреқулов өсип шықты. Бухар әмирлигинде маңғытлар өз бийлигин 1753-жылдан 1920-жылға шекем беккем услап турды ҳәм Едиге бий әўладының мәмлекетти тутас басқарған соңғы буўыны солар болды. Кеңес ҳәкимиятының орнаўы менен он мыңлаған Маңғытлар Аўғанстанға қоныс аўдарды. Соңынан Түркия мәмлекетиниң гимнин жазыў да сол топарда кеткен Едиге әўладларының бирине несип етти. Едиге бий менен аталас ҳәм оның өзинен өрбиген әўладлардан Әзлер баба (Аллаберди Әзиз шайық), Ертөре бий, Келдияр бий, Қудияр бий, Мәдирейим бий, Айтық бий, Дәнияр бий, Шамурат бий, Мирайдар (Әмир Ҳайдар) бий, Көбек бий, Шердалы бий, Гедей бий, Маман бий, Ерназар бий (палўан), Қоразбек аталық, Досымбет болыс, Сапар болыс, басқа да көплеген ел ағалары менен қатар, Қарабатыр, Шүйиш батыр, Жалаң батыр, Яқып батыр, Дәрьябай батыр (байсынлы), Елиш батыр, Мәмбет батыр, Менже батыр, Ақша батыр, Көкше батыр, Бекше батыр, Екше батыр, Келе батыр, Машан батыр, Нурек батыр, соңы Бөрибай батыр (әмирабатлы), Қоспанбет (Қоспан), Елимбет, Аралбай, Нурбай, Айланбас шабандоз, Балқыбай уста, Жандәўлет, Шақай, Парахат (Хожанов) палўанлар жетилисип шыққан.

Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

On 10/27/2019 at 12:57 AM, Қара-Қытай said:

Я это тоже выкладывал в теме "Мангыты". Братишка, ты лучше расскажи о наших Кытаях. Я о них ничего незнаю, кроме как согласно "ДТ" они завоевали каракалпаков, оставшихся на Яике. Мне самому очень интересны предания наших Кытаев. 

Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

Цитата

НОГАЙЛЫ - ЗОЛОТАЯ ОРДА

ИСТОРИЧЕСКИЕ ЛИЧНОСТИ В ЭПОСЕ «ЕДИГЕ»
М.К.МАКСЕТОВА
Кандидат исторических наук, доцент
Каракалпакский государственный университет

В каракалпакской версии эпоса «Едиге» повествуется о том как Тохтамыс становится великим ханом страны Ногайлы (Золотой Орды), как Едиге воспитывается в его доме в качестве сына, как хан, спасаясь того, как бы Едиге впоследствии не захватил его трона, замышляеть убить Едиге с помощью яда, как Едиге узнав о замысле биев погубить его, прибывает в страну Сатемир хана (Тимура), как он с помощью Сатемира одерживает победу над Тохтамысом, как Едиге становится правителем страны Ногайлы (Золотой Орды), как совершает побег Тохтамыс, как вслед за ним погонью отправляется по поручению отца Нуратдин, сын Едиге, как Нуратдин настигнув Тохтамыса, убивает егo. Если не считать некоторых фольклорных подробностей и детелей изображения, то мы воочию убеждаемся в том, как содержание упомянутых выше событий удивительно совпадают с исторической действительностью.
Хан Тохтамыс как в фольклоре, так и в истории предстает как великий человек, который несмотря на всю противоречивость его личности, прилагал огромные усилия, как хан Дешти Кипчака, Золотой Орды к укреплению, усилению могущества, становлению подвластного ему государства. Даже сам Темур на первых порах признает, что военная сила хана Тохтамыса превосходит его собственные войска. Одним из великих свершений Тохтамыс является его попытка усилить могущество Золотой Орды. Глубокий смысл заложен уже в самом факте того, что хотя он в этом вопросе не мог прийти к соглашению ни с Едиге, ни с Эмиром Тимуром, даже неоднократно сражался с ними, к концу жизни Тохтамыс просит прощения у Эмира Тимура, даже ждет его помощи. К закату своей жизни он стал сторонником объединения с Тимуром.
Широкое распространение среди народа получили принадлежавшие Едиге мудрые наставления и изречения. Им отведено большое место в народном эпосе «Едиге». Изданные в период его правления великие грамоты – ясаки напоминают благородные свершения его современника и благадателя великого Тимура, особенно знаменитые «Темур тузуклари».
Едиге – это великий герой тюркских народов, который четверть века правил Золотой Ордой, употреблял все силы и весь свой ум на укрепление своего государства, мудрый отважный, мужественный человек, чьи заслуги и ратные подвиги стали притчей. Народу приходилось весьма по душе его свершения, заслуги, мудрая житейская рассудительность. Вот почему народ любил его и слагал о нем эпос. Уже одно это со всей убедительностью показывает, настолько прочное место занял образ Едиге в сердцах тюркских народов, какой благодарный памятник воздвигнут ему навечно в народном творчестве.

Использованная литература
1. Абдураззоқ Самарқандий. Матлаи саъдайн ва мажмаи бахрайн. Ташкент, 1969.
2. Абулғозий. Шажараий түрк. «Чулпон», Ташкент 1992.
3.Темур тузуклари, Ташкент, 1991.
4. Едиге. Қарақалпақ халық дастаны, Нөкис, 1990.

http://www.rusnauka.com/pdf/280963.docx

  • Одобряю 1
Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

В трактате «О роде князей Юсуповых» (1866) последний его представитель повторяет легенду о родстве ногайских мурз с мамелюкскими правителями Египта: "Эдигей был признаваем потомком мусульманских султанов, обладавших Дамаском, Антиохией, Меккой и проч. Вот почему и на гробнице князя Григория Дмитриевича Юсупова, в Москве, начертано в надписи: ветвь от златого инда кореня князей, многия порфиры носивших, а в сношениях с Юсуфом турецкого султана Солимана Юсуф наименован был от самого султана «князем князей»[3].

В родословном свитке, поданном Юсуповыми в разрядный приказ на исходе XVII века, они называли своим предком «Абубекира, правившего после Магомета всем мусульманским родом». Н. Б. Юсупов убеждён, что под Абубекиром имеется в виду не тесть Мухаммеда, а «верховный сановник исчезавшего в упоении неги и роскоши калифа Ради-Биллага, предоставившего ему всю власть свою в духовном и светском значении»[3]. Мифы о египетском происхождении Эдигея косвенно отразил герб рода Юсуповых[4].

Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

Ар-Ради Биллах

Абу́ль-Абба́с А́хмад ибн Джа́фар ар-Ради́ Билла́х (907—940) — багдадский халиф из династии Аббасидов.

Ар-Ради был сыном халифа Аль-Муктадира. Он получил престол после того, как заговорщиками был свергнут, ослеплён и брошен в темницу его дядя Аль-Кахир. Реальной властью Ар-Ради не обладал, а был марионеткой в руках визиря Ибн Раика, получившего пост амир аль-умара («эмир эмиров»).

Ар-Ради считают последним «настоящим» халифом, который реально выполнял все положенные халифу религиозные обязанности: проводил пятничные проповеди, организовывал богословские диспуты и т. п. Однако в целом халифат при нём продолжал приходить в упадок: в Багдаде утвердился ханбалитский мазхаб, отпали Северная Африка и Египет с частью Сирии и Месопотамии, провозгласил независимость Мосул, в Аравии власть взяли в свои руки карматы и местные вожди.

Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

Глубокие корни

Долгое время, согласно некому преданию, считалось, что род Юсуповых берёт начало от знаменитого пророка Али, то есть от самого Мухаммеда. Однако основательно исследовавший корни фамилии Н.Б. Юсупов-младший в 1866–1867 годах внёс существенные коррективы. Оказалось, что её родоначальник Бакр ибн Раик жил не во времена Мухаммеда, а на три века позже и был верховным главнокомандующим арабского халифа Ар-Ради биллах Абу-л-Аббас Ахмад ибн Джафара (907–940). Двенадцать поколений потомков воинственного ибн Раика жили на Ближнем Востоке. Были они султанами, эмирами в Дамаске, Египте, Антиохии, Медине, Константинополе, Мекке. Но в XIII веке сын правившего в Мекке султана Термес с группой преданных ему людей решил переселиться на берега Азова и Каспия. Его знаменитый потомок Едигей (1352–1419) считается основателем Крымской (Ногайской) орды. При праправнуке Едигея – хане Юсуфе (1480-е – 1555 г.) – Ногайское ханство достигло наивысшего расцвета.

Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

Абу Бакр Мухаммад Ибн Раик ( арабский : أبو بكر محمد بن رائق , умер 13 февраля 942), как правило , просто известный как Ибн Ra'iq , был высокопоставленным чиновником халифата Аббасидов , которые эксплуатируют слабость халифского правительства стать первый эмир аль-Умар ( «командир командиров», генералиссимус и де - факто регент) халифат в 936. свергнута конкурирующими турецкими военными лидеры в 938, он вернул себе пост в 941 и держал его до его убийств в феврале 942.

Ранняя карьера

Отец Мухаммада Ибн Раика был из хазарского происхождения и служил военным офицером под халифом Аль-Мутадид Биллах ( т . 892-902 ). Вместе со своим братом Ибрахим, Мухаммад Ибн Раик был ставленником главнокомандующий Мунис Аль Музаффар . Благодаря его пользу, оба брата были назначены на должность начальника полиции ( Сахиб аль-shurta ) после неудачного переворота против халифа Аль-Муктадир Биллах ( т . 908-932 ) , в марте 929, в котором предыдущий сотрудник, Nazuk , был вовлечен. Они были заменены Мухаммад ибн Йакута через год.

Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

On 6/11/2020 at 9:33 PM, Hakan said:

large.IMG_20200611_184045_151.jpg.6f47fb826341bcc0851dec8e06ba92e2.jpg

Памятник Едиге (г. Акмангыт, Нукусский район, Каракалпакстан)

Неподалеку от этого памятника находится могила его жены АкБилек айым.

  • Одобряю 1
Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

Согласно летописи Кадыр-Али-бека, родословная Едиге восходит к Абубекиру, у которого было два сына: Керемет-Азиз и Джелал-ал-дин. Последний являлся отцом Баба Туклеса, у которого было четверо сыновей. Опираясь на другие источники, Кадыр-Али-бек утверждает, что сыновей было трое, один из которых похоронен рядом с Каабой, другой — в Крыму, третий — в Ургенче. Дальнейшая информация о предках Эдиге в родословной, приведенной Кадыр-Али-беком, идентична родословной князей Юсуповых и Урусовых.

Нашёл в одном ногайском форуме:

приветствую всех.на днях нашёл более детальную информацию о своём роде.начинается: 
Амир Аль-Момун Абу Бакр аль-Садык (572 - 634гг.) 
Мухаммед. Был он царем в Шаме. 
Султан Каиб, он тоже был царем в Шаме. 
Султан Халид был царем в Сарсаре. 
Султан Кайдар также был царем в Сарсаре. 
Абу-л-фана был царем в Антакии. 
Султан Махмед также был царем в Антакии. 
Султан Салим также был царем в Антакии. 
Султан Садык также был царем в Антакии. 
Султан Абу-л-хак был царем в Медине. 
Жалаладдин был он царем в Константинополе. (1200 гг.) 
Баба Туклас был царем в Каабе. ( XII век) 
Тырма (Терме) на Едил-Жайыке (Хасиле) погиб. 
Карачи. Он тоже погиб на Едил-Жайыке. 
Ислам Кия, он тоже погиб на Едил-Жайыке. 
Кутлу Кия погиб в Кумкенте. 
Едыге, да снизойдет на него милость Аллаха (1352г.г.1419 г.) 

Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

23.06.2020 в 21:21, Мырза сказал:

Глубокие корни

Долгое время, согласно некому преданию, считалось, что род Юсуповых берёт начало от знаменитого пророка Али, то есть от самого Мухаммеда. Однако основательно исследовавший корни фамилии Н.Б. Юсупов-младший в 1866–1867 годах внёс существенные коррективы. Оказалось, что её родоначальник Бакр ибн Раик жил не во времена Мухаммеда, а на три века позже и был верховным главнокомандующим арабского халифа Ар-Ради биллах Абу-л-Аббас Ахмад ибн Джафара (907–940). Двенадцать поколений потомков воинственного ибн Раика жили на Ближнем Востоке. Были они султанами, эмирами в Дамаске, Египте, Антиохии, Медине, Константинополе, Мекке. Но в XIII веке сын правившего в Мекке султана Термес с группой преданных ему людей решил переселиться на берега Азова и Каспия. Его знаменитый потомок Едигей (1352–1419) считается основателем Крымской (Ногайской) орды. При праправнуке Едигея – хане Юсуфе (1480-е – 1555 г.) – Ногайское ханство достигло наивысшего расцвета.

В Википедии и множество источники писали что Едиге Монголского происхождении из племени Мангыт, его отец Балтычак из племени Мангыт (Тюркизировались как Барласы,Баарыны ???) Или Кипчак ? Или Араб ? 

Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

2 часа назад, Ереке сказал:

В Википедии и множество источники писали что Едиге Монголского происхождении из племени Мангыт, его отец Балтычак из племени Мангыт (Тюркизировались как Барласы,Баарыны ???) Или Кипчак ? Или Араб ? 

Едиге хазарин. 

Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

4 часа назад, Мырза сказал:

Едиге хазарин. 

Как так ? Он везде указано как Мангыт ? Как он быть Хазарином ? В целом не верю, нужно найти могильник Едигей или потомки Едигея и потестировать их , тогда будет понятно кто он был, а так не верю .

Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

4 часа назад, asan-kaygy сказал:

Едиге мангыт сын Кутлукии

УВ, Жаксылык Сабитович некоторые источники указывает что он был сыном Балтычака из племени Мангыт ( ср.монголская племя) , а кем был этот Кутлуки ? 

Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

28 минут назад, Ереке сказал:

УВ, Жаксылык Сабитович некоторые источники указывает что он был сыном Балтычака из племени Мангыт ( ср.монголская племя) , а кем был этот Кутлуки ? 

Жаксылык Муратович Сабитов.

Балтычак из Натанзи. Ошибочный источник. Там много ошибок

Кутлукия отец по другим источникам.

  • Thanks 1
Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

31 минуту назад, Ереке сказал:

Как так ? Он везде указано как Мангыт ? Как он быть Хазарином ? В целом не верю, нужно найти могильник Едигей или потомки Едигея и потестировать их , тогда будет понятно кто он был, а так не верю .

он мангыт.

Потомки тестировались. с казахскими и каракалпакскими мангытами совпадают

  • Thanks 1
  • Одобряю 3
Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

21.10.2020 в 22:58, asan-kaygy сказал:

Жаксылык Муратович Сабитов.

Балтычак из Натанзи. Ошибочный источник. Там много ошибок

Кутлукия отец по другим источникам.

Извиняюсь !!!  а кем был Кутлукия Мангыт ?  Нойон ? Амир ? Беклярбек ? 

Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

1 минуту назад, Ереке сказал:

Извиняюсь !!!  а кем был Кутлукия Мангыт ?  Нойон ? Амир ? Беклярбек ? 

эмир. Потомок Баба Туклеса

Ссылка на комментарий
Поделиться на другие сайты

Для публикации сообщений создайте учётную запись или авторизуйтесь

Вы должны быть пользователем, чтобы оставить комментарий

Создать аккаунт

Зарегистрируйте новый аккаунт в нашем сообществе. Это очень просто!

Регистрация нового пользователя

Войти

Уже есть аккаунт? Войти в систему.

Войти

×
×
  • Создать...